2021-жыл 31-август күни ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған «Жаңа Өзбекстан» парки ҳәм Ғәрезсизлик монументиниң салтанатлы ашылыў мәресими болды.Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
– Бүгин барлығымыз, көп миллетли пүткил халқымыз жанажан Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз жыллық қутлы байрамының қуўанышы ҳәм көтериңкилиги менен жасамақтамыз. Әзел-әзелден абат қала ҳәм аўыллар, бағлар ҳәм парклер, бийтәкирар мәдений естеликлер дөретиўшиси сыпатында даңқ таратқан мийнеткеш ҳәм уллы мәртебели халқымыз пандемия ҳәм глобал экономикалық кризис тәсирине қарамастан, бул тарийхый сәнени мүнәсип мийнет табыслары, үлкен жетискенликлер ҳәм жеңислер менен күтип алмақта,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул паркке усы жылы 1-май күни биринши нәллер егилген еди. Тарийхшы илимпазлар, дөретиўши зиялылар, нураныйлар ҳәм жаслар менен мәсләҳәтлесип, «Жаңа Өзбекстан» комплексиниң идеялық ҳәм архитектуралық шешимлерине айрықша итибар қаратылды.
Егер жоқарыдан нәзер тасланса, парктиң көриниси үлкен теректиң бес шақасына уқсайды. Бул Ҳәрекетлер стратегиясының бес тийкарғы бағдарын рәмзий мәниде билдиреди.
Бул гөззал паркте пайтахытымыз халқы, барлық аймақларымыз ҳәм сырт елден келетуғын мийманлар жайнап-жаснап дем алыўы, шаңарағы, перзентлери менен бирге мазмунлы шаршағанын шығарыўы ушын барлық заманагөй шараятлар жаратылмақта. Жасалма көл, спорт майданшалары, балалар ойын майданшалары, амфитеатр, фонтанлар, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери, өнерментшилик дүканлары қурылмақта.
Парктиң орайлық бөлиминде саўлатлы көркем естелик – Ғәрезсизлик монументи қурылды.
– Биз бүгин Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамын кең түрде белгилеп атырмыз. Бирақ негизинде, Өзбекстан аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхы 3 мың жылдан аслам дәўирди қурайды. Бул дүнья илиминде тән алынған илимий ҳақыйқат. Бул монументти жаратыўда, мине, усы концептуал идеяны айқын көрсетиўге ҳәрекет еттик,-деди Шавкат Мирзиёев.
Ҳәммемизге белгили, ел-халқымыз өзиниң әййемги өтмиши даўамында даңқлы ўақыяларды, ҳәр қыйлы сынақ ҳәм қыйыншылықларды, жеңисли дәўирлер менен бирге, аянышлы күнлерди де басынан өткерген. Ғәрезсизлик монументинде булар көркем сәўлелендирилген.
– Өтмиштеги жетискенлик ҳәм жеңислерден күш-қуўат алып, қәте ҳәм жеңилислеринен жуўмақ ҳәм сабақ шығарып жасайтуғын халық өзиниң раўажланыў жолы менен келешегин дурыс белгилей алады. Соның ушын, биз бул естелик тымсалында Өзбекстанымыздың әййемги тәрийхынан баслап ҳәзирги күнге шекем жүз берген ең әҳмийетли ўақыяларды мөрлеп қалдырыўға қарар еттик,-деди Президентимиз.
Комплексте уллы сәркарда ҳәм жаўынгерлер, алым ҳәм ойшыллар, жадид ата-бабаларымыздың өлмес тулғасы сәўлелендирилген. Өзбекстанның бурынғы езиўши дүзим дәўириндеги аўыр ҳәм машақатлы өмири, репрессия сиясаты, халқымыздың Екинши жер жүзилик урыста көрсеткен мәртлиги тәсиршең көринислерде сүўретленген.
Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Кәримовтың басшылығында халқымыздың миллий ғәрезсизликке ерисиў жолын сәўлелендириўге айрықша итибар қаратылған.
Естелик елимизде жаңа Өзбекстанды – үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў идеясы менен үнлес ҳалда қурылғаны айрықша әҳмийетли. Онда миллий мәмлекетшилигимиздиң белгиси болған Саҳыпқыран Әмир Темур салтанатының көк гүмбези, жулдызлар әлемине қарай жоқарылаған Мырза Улығбек обсерваториясы, дүнья илимине ҳәм цивилизациясына теңсиз үлес қосқан уллы ойшыл ата-бабаларымыздың ең бийбаҳа илимий ойлап табыўлары өзиниң бар саўлаты менен көз алдымызда анық көринип тур.
Тынышлық ҳәм еркинлик, жақсылық ҳәм абаданлық тымсалы болған, аспанда пәрўаз етип атырған Хумо қусының көриниси монументтиң ең жоқары бөлегинде – оның гүлтажы болып орын ийелеген.
– Ғәрезсизлик монументи ана Ўатанымыз, мәрт ҳәм батыр, тынышлықты сүйиўши ҳәм мийнеткеш, қаҳарман халқымыз ҳүрметине қурылған уллы естелик сыпатында бой тикледи. Монументке жазылған: «Халқымыз тарийхында жақсы из қалдырған барлық ата-бабаларымыз ҳәмийше қәлбимизде», деген терең мәнили сөзлер ата-бабаларымыздың естелигине бүгинги әўладлардың жоқары ҳүрмет-иззетин аңлатады,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәресимде нураныйлар, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери шығып сөйлеп, ҳәммени бул ўақыя менен қутлықлады.
Президент Шавкат Мирзиёев жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге Ғәрезсизлик монументин ашты. Комплекске гүллер қойылды.
ӨзА
