logo

Бозатаў районында «Қазанкеткен суў жеткерип бериў қурылмасы»н қурыў жумыслары алып барылып атыр

Бозатаў районында «Қазанкеткен суў жеткерип бериў қурылмасы»н қурыў жумыслары алып барылмақта. Қуўатлығы 3200 м3 болған филтрлеў станциясы, сыйымлығы 20 000 м3 болған 2 дана суў тындырғышларын бетонлаў, насослар, видеобақлаў масламасын орнатыў, қурылма аймағын абаданластырыў, ишки ишимлик суўы тармағын реконструкциялаў белгиленген.

Усы жыл ақырына шекем бул жумыслар толық питкерилип, бозатаў районы турғынлары таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.


Соңғы жаңалықлар