logo

Жалған хабар тарқатқан «блогер» жәриймаға тартылды

Күни кеше болып өткен суд процесинде Асака районында жасаўшы «блогер», 1996 жылда туўылған Жумабоев Хусниддин шахстың абыройын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўине алып келиўши жалған хабар тарқатқанлығы ушын басқарыў тәртипте айыплы деп таўылды ҳәм оған 50 есе муғдарда дерлик 12 млн жәрийма жазасы қолланылды.

Гап сонда, «Youtube» тармағындағы «UZ Global TV» каналы администратори Хусниддин Жумабоев ағзалар санын көбейтиў мақсетинде тексерилмеген жалған хабарды «Дахшат!!! Андижонда 5 киши 5 ойлик келинчакни зўрладими» аты менен видео көриниснде таярлап, өзиниң каналына жайластырған. 

Ақыбетинде бул жағдай халық және социал тармақ пайдаланыўшылары арасында кескин талқылаўға себеп болды ҳәмде бир неше шаңарақ ағзаларына материаллық ҳәм руўхый зыят жетти. 

Азиз кәсиплеслер бул жағдай бәршемиз ушын сабақ болады деген үмиттемиз.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәмлекетлик ҳүкимет порталы

Соңғы жаңалықлар