“Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша напақалар белгилеў ҳәм төлеў тәртиби ҳаққында”ғы нызамға муўапық төмендеги қағыйдалар белгиленген:Ислеп атырған ҳаялларға, өндиристен ажыратылған ҳалда жоқары, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери, магистратура, аспирантура, клиникалық ординатура, докторантурада оқып атырған ҳаялларға бала туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа тийисли түрде жумыс ямаса оқыў жайыннан төленеди.
Студент ЖООна арзаны бала туўылған күнинен баслап алты айдан кешиктирмей бериўи керек. Оған администрация тәрепинен белгиленген напақы ақшасы 10 күнден кешиктирмей төлеп бериў мәжбурий есапланады. Ҳәзирги күнде напақа пулы муғдары базалық есаплаў муғдарының 2 есеси (490. 000 сўмды) қурайды.
Напақаны алыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усыныс етиледи:
• ЖОО ректоры атына арза ;
• Паспорт нусқасы ;
• Туўылғанлық ҳаққында гүўалық нусқасы;
Егер баланың анасы ислемейтуғын ҳәм оқымайтуғын жағдайларда напақа баланың ислейтуғын ямаса өндиристен ажыратылған ҳалда оқыйтуғын әкеси ямаса ата-анасына төленеди.
Дерек: Kar24.uz
