Мектеплерде жаңа оқыў жылы 6-сентябрьде толық дәстүрий түрде басланады, ўақтынша жабылған мектеплер ушын телесабақлар да жолға қойылады. Бул ҳаққында Халық билимлендириў министрлиги мәлим етти.Хабарда айтылыўынша, тек төмендеги жағдайлар баланы ўақтынша оқыў процессине аралықтан оқытылыўына себеп болыўы мүмкин:
Өзи ямаса шаңарақ ағзаларынан бири коронавирус пенен ўақтынша емлениўде болған оқыўшылар ушын;
Оқыў жылы даўамында оқытыўшы ямаса оқыўшылар арасында коронавирус анықланып, ўақтыншалық карантинге алынған класс ямаса мектеплер ушын;
Ўақтынша басқа орында оқыўды даўам етиў имканияты болмаған мектеплердиң оқыўшылары онлайн оқыўы мүмкин.
Бундай оқыўшылар ушын параллель түрде сабақлар МТРК телеканаллары арқалы «Онлайн мектеп» программасы шеңберинде берип барылады.
Дерек: Makan.uz
