Республикалық әҳмийетке ийе Нөкис «– Шымбай – Тахтакөпир» жөнелисиндеги автомобиль жолыныӊ улыўма узынлығы 102 км. болып, 22-47-км. аралығында Кегейли районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен эксплуатация жумысларын алып барыў белгиленген.
Республикамыздыӊ арқа районлары менен байланыстырыўшы тийкарғы жолда жүзеге келген кемшиликелер, жарықлар ҳәм жолдыӊ жарамсыз бөлимлеринде күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып атыр.
Тийкарынан қурылыс жумыслары орнында араластырыў (смещение на месте) усылында алып барылып атырған болып, дәслеп жолдыӊ жарамсыз бөлеги автогрейдер жардеминде қырып алынды. Соӊ жол қапламасы үстине битум материалы (холодная битум) қуйылып, муғдарына бола щебен салынып араластырылды ҳәм автогрейдер жәрдеминде жайылды. Жол тегислеўши каток жәрдеминде сонғы басқыш – қапламаны тегислеў жумыслары жүргизилди.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы
