Бел ҳәм омыртқа бағанасындағы грыжаларды түрли усылда емлеў мүмкин. Буған, әлбетте, шынығыўлар да киреди. Ол мейли тибетлилердиң шынығыўы болсын, мейли емлеўши шынығыў болсын, ең дәслеп, тексериўден өтиўиңиз керек. Соннан кейин травмотолог-ортопед сизге қандай шынығыўлар орынлаў мүмкин, қайсылары мүмкин емес екенлигин түсиндиреди. Егер шынығыўлар орынлап атырғаныңызда аўырыў күшейсе, тексериўден өтпегенше мақулы шуғылланбай турың.
