logo

Быйылғы жылы қолда терилген бир килограмм пахта ушын қанша ҳақы төленеди?

ӨзР Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 30-августтағы жыйналыс баянына тийкар, усы жылы жетистирилген пахта шийки затын набыт етпестен, қол мийнети ҳәм терим машиналары жәрдеминде терип алыў илажлары көриледи.

Қолда терилген ҳәр килограмм пахта ушын биринши теримде 1200 сўмнан, екинши теримде 1500 сўмнан кем болмаған муғдарда ҳақы төленеди. Бул ҳақкында Human.uz жазбақта.
 
Пахта -тоқымашылық кластерлери, пахта шийки затын жетистириўши фермер хожалықлары өнимди қысқа ўақыт аралығында жыйнастырып алыў мақсетинде белгиленген баҳалардан кем болмаған ҳалда еркин баҳа белгилеўи усыныс етиледи.
 
Пахта -тоқымашылық кластерлери тәрепинен қамтылған жумыссыз пуқаралардан ибарат терим отряд басшыларына мәўсим жуўмағына шекем 2 млн сўмнан мийнет ҳақы бериледи.
 
Сондай-ақ, терим жумысларына 18 жасқа толмаған пуқаралар, жоқары оқыў орынлары студентлери, бюджет ҳәм бюджет болмаған ямаса хожалық есабындағы шөлкем хызметкерлери ҳәм әскерлерди терим илажлары, улыўма ҳәр қандай мәжбүрий мийнетке қамтып алыў қатаң қадаған етиледи.

Дерек: KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар