logo

Жаңа Өзбекстанның қурамында Жаңа Қарақалпақстанды қурамыз – Шавкат Мирзиёев

ӨзЛиДеПтиң Х съездинде өз сайлаў алды бағдарламасы – Жаңа Өзбекстан стратегиясының тийкарғы бағдарлары бойынша шығып сөйлеген Шавкат Мирзиёев аўыр экологиялық шараятқа қарамастан, елимиз раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў мәселесине де тоқталды.

– Қарақалпақстан Республикасын, оның барлық қала, район ҳәм аўылларын комплексли түрде раўажландырыў, мийнеткеш ҳәм сабырлы, ҳақ кеўил ҳәм кеңпейил қарақалпақ халқының турмысын абадан етиўге ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийет қаратамыз.

Бизиң баслы ҳәм ийгиликли мақсетимиз – биргеликтеги пидайы мийнетимиз бенен Жаңа Өзбекстан қурамында Жаңа Қарақалпақстанды қурыў болып есапланады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Соңғы жаңалықлар