logo

​Жолларды ким қазып кетип атыр ямаса 51 млн сўмлық зыян қайдан шықты?

Жақында Нөкис қаласы орайынан өтиўши 4 Р-176 А (А.Досназаров көшеси) автомобиль жолыныӊ 8-9-км аралығында (Мебел орайына жақын) канализация тармағы жарылыўына байланыслы жол ўақтынша жабылатуғынлығы ҳаққында хабар берген едик. Тилекке қарсы, Нөкис қаласы бас көшесиниӊ бир неше орынларында ҳәм баска да автомобиль жолларында суў ағып шығыўы, асфальт астынан суў шығыўы нәтийжесинде ойылыўлар, буннан соӊ автомобиль жолы ҳәм жолды екиге ажыратыўшы тосықлардыӊ шөгиўи, жол қапламасы жарылыўы сыяқлы бир қатар машқалалар жүзеге келип атыр. 
Тийкарынан Нөкис қаласынан өтиўши улыўма пайдаланыўдағы Республикалық әҳмийетке ийе автомобиль жоллары Қаракалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасына (Қ.Р. ЖПУК) бекитилген болып, жолдың техникалық сазлығы, оның оңлаў ҳәм сақлаў жумысларына усы мәкеме жуўапкер етип белгиленген.
Бул жоллар катарына 4Р-176 А (А.Досназаров), 4Р-176 (Өзбекстан (Төрткүл гүзары), 4Р-174 (Қарақалпақстан), 4Р-191 (М.Жуманазаров) сыяқлы көшелер киреди. 

Басқа район ҳәм қалалардан парқлы түрде Нөкис қаласындағы автомобиль жоллары астынан канализация ҳәм ақаба суў қубрлары, электр энергиясы, коммуникация тармақлары ҳәм басқа да линиялар көбирек өткерилген. Ҳәр қыйлы авариялық жағдайлар, қурылыс-оӊлаў жумыслары менен байланыслы автомобиль жолларында қазыў жумыслары алып барылады. Бүгинги күн жағдайына бола, усы авариялық жағдайлардыӊ басым бөлеги ақаба суў ҳәм канализация тармақлары менен байланыслы жүз берип атыр. 

Айтып өтиў орынлы, автомобиль жолында қазыў жумысларын алып барыўшы ҳәр қандай мәкеме ҳәм кәрхана алдын ала ескертиўи, жолдағы қазыў себепли жүзеге келген кемшиликти сапластырыў ушын болса тийисли қаржыны Қарақалпақстан Республикасы ЖПУКна өткерип бериўи керек ҳәм кәрхана тәрепинен автомобиль жолындағы қазыўдан сонғы кемшилик сапластырылыўы тийис.   
Усы жылдың 5-январь сәнесинде Қаракалпақстан Республикасы ЖПУК (кесип алып ислеўши) ҳәм «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ кәрханасы (буйыртпашы) арасында шәртнама дүзилген. Буйыртпашы егер, автомобиль жолында суў тармақлары менен байланыслы машқала жүзеге келгенде сапластырыўы ҳәм кесип алып ислеўшиге автомобиль жолына жеткерилген зыянды оңлаў ушын тийисли қаржыны ажыратып бериўи керек.

«Қарақалпақ суў тәмийнаты» кәрханасы тәрепинен Нөкис қаласындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында усы жылдың өзинде бир неше мәрте қазыў жумысларын алып барылып, автомобиль жолының пүтинлигине зыян жеткерилген ҳәм кесип алып ислеўши кәрханаға бул ҳаққында хабар берген. Бирақ, буйыртпашы тәрепинен тийисли жол қапламасын тиклеў (восстановление покрытие) ушын қаржы ажыратылмаған. 

Соның менен бир қатарда, буйыртпашы тәрепинен 2021-жылда Нөкис қаласында жайласқан 4Р-176 А, 4Р-190, 4Р-191, 4К-37 автомобиль жолларында түрли дәрежедеги жәми майданы 187,6 м2 улыўма баҳасы 51 105,403 сўм болған және 18 орында қазыў жумыслары жүргизилип, автомобиль жолына зыян жеткерилген ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ЖПУК тәрепинен актлестирилген. Бирақ, жыл басынан берли бирде-бир қаржы пуллары өткерип берилмеген.

Тийкарынан ақаба суў ҳәм канализация тармақлары менен байланыслы авариялық жағдайлар суў қубырлары ескирип кеткенлигинен жүзеге келип атырған болып, бир орында бир неше мәрте бундай жағдайлар ушырасып атырғанлығы сыр емес. 4Р-176 А автомобиль жолы болса реконструкция объекти есапланып, қурылыс-оӊлаў жумыслары еле жуўмақланбады. Усы автомобиль жолында қурылыс жумыслары питпей турып, жарамсыз жағдайға келген бөлимлери пайда болып атыр. Жақында асфальтланған көшеде (А.Досназаров) және қазыў жумыслары жүргизилмекте. Ақыбетте, реконструкция бағдарламасындағы объектти пайдаланыўға тапсыра алмай қалыў сыяқлы машқала бой көрсете баслады.   

Қаламыздыӊ орайлық көшелериниӊ пүтинлигин сақлаўда тийисли тараўлар тығыз бирге ислессе ҳәм ат салысса мақсетке муўапық болар еди. 

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар