logo

Өзбекстанға «Pfizer/BioNTech» вакцинасы алып келинди

Ташкент халықаралық аэропортына 1 200 000 дозадан аслам болған «Pfizer/BioNTech» вакцинасы жүкленген самолёт келип қонды. Бул ҳаққында ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Солай етип, усы күнге шекем Өзбекстанға алып келинген вакциналар 24 002 540 дозаны қурады.

Соннан:

18 000 000 доза «ZF-UZ-VAC2001»;

3 000 060 доза «Moderna»;

1 342 480 доза «AstraZeneca»;

1 200 000 доза «Pfizer/BioNTech»;

460 000 доза «Sputnik V» вакциналары болып табылады.

Бүгинги күнге шекем Өзбекстанда улыўма 16 861 167 доза вакцинадан пайдаланылған болып, толық шаншылған пуқаралар 3 121 019 адамды қурады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Соңғы жаңалықлар