«АҚШ Мәмлекет департаментиниң энергия қәўипсизлиги бойынша үлкен мәсләҳатшиси Амос Гокштейн, қыста газ жетиспеўшилиги болыўын айтпақта», — деп жазады “Finansial Times”.Оның сөзлерине қарағанда, жетиспеўшиликке Россия Европа базарына жетерли дәрежеде жанылғы жеткерип бермегени себеп болған ҳәм бул оның баҳасы көтерилиўине алып келген.
«Егер январь ҳәм февраль айларында қыс суўық келсе, региондағы запаслар таўсылыўы мүмкин. Бул үлкен машқала болып есапланады», — дейди Гокштейн.
Еслетип өтемиз, буннан алдын газдиң баҳасы рекорд дәрежеде көтерилип кеткени ҳаққында хабар берген едик.
Дерек: Makan.uz
