logo

Қоңыраттағы ЖТҲ айдаўшының өлими менен жуўмақланды

Қоңырат районының “Әжинияз” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, “Қоңырат сода заводы” ЖШЖде ислеўши А.Базарбаев “Кобальт” маркалы автомашинасын А-380 “Гүзар-Бухара-Нөкис-Қоңырат-Бейнеў” жолының 903-километринде баратырып басқарыўды жоғалтқан.

Нәтийжеде, жолдың қарама-қарсы тәрепине шығып кетип, усы жолда ҳәрекетленип киятырған, Бухара ўәлаяты Жондор районынын “Навгади” МПЖда жасаўшы пуқара З.Рахматуллаевтың басқарыўындағы «HOWO» маркалы жүк автомашинасына барып урылған.

«Ўақыя ақыбетинде, «Кобальт» автомашинасының айдаўшысы А.Базарбаев емлеўханада өзине келместен қайтыс болған», — деп жазады «Тынышлық сақшысы» газетасы.

Дерек: Makan.uz

Соңғы жаңалықлар