logo

«Шайх-Жалил» баба мақбарасы жолы асфальтланып атыр

Республикамыз аймағындағы мәдений мийрас ҳәм туризм объектлерине алып барыўшы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында күнделикли оӊлаў жумысларын жүргизиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылып атыр. 

Атап айтқанда, Әмиўдәрья районы аймағындағы зиярат орны болған «Шайх-Жалил» баба мақбарасына алып барыўшы 4Н-61 «Қыпшақ ФДХ-Хожакөл СТФ» автомобиль жолыныӊ 0-11 км бөлегинде Қаратаў ЖПУК тәрепинен оӊлаў жумыслары алып барылып, асфальт төселип атыр.   

Айтып өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2021-жыл 31-июльдағы мәжлис протоколыныӊ орынланыўын тәмийнлеў бойынша Республикамыз аймағындағы бир қатар мәдений ҳәм туризм обьектлерине алып барыўшы жолларда оӊлаў жумысларын алып барыў белгиленген. Усы тийкарда тийисли жол карталары ислеп шығылып, оӊлаў жумыслары алып барылатуғын автомобиль жоллары режеге киргизилген.

Қарақалпақ автожол

Соңғы жаңалықлар