logo

Жасырын аўысық-бөлеклер анықланды

Бажыхана хызметкерлери тәрепинен товар-материаллық байлықлардың бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз түрде алып өтилиўине ҳәм «жасырын экономика»ның тамыр жайыўына қарсы турақлы түрде арнаўлы илажлар өткерилмекте.

Гезектеги өткерилген илажда «Даўыт ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен пуқара М.Н басқарыўында қоңсы мәмлекеттен кирип келген “Volvo” маркалы жүк автотранспорт қуралы белгиленген тәртипте бажыхана қадағалаўынан өткерилди.

Бул автотранспортта жүк қадағалаў ҳүжжетлеринде көрсетилмеген ҳәм көрсетилгенинен артықша болған, дәслепки сорастырыўға бола баҳасы 128 миллион сумға тең болған 487 дана жеңил автотранспорт қуралларының аўысық бөлеклери бар екенлиги анықланды.


Ҳәзирги ўақытта анықланған усы факт бойынша дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар