logo

Ҳәпте ақырына барып ҳаўа райы ысып кетиўи күтилмекте

Өзгидромет басланған ҳәпте ушын ҳаўа райы мағлыўматын жәриялады.

Өткен ҳәпте даўамында Волга бойы аймақларынан антициклон есабына кирип келген салқын ҳаўа әсте күшсизленеди. Салқын ҳаўа шығысқа, Қазақстан аймағы тәрепке қарай шегинеди.

Ҳәптениң ақырына шекем республика аймағы бойынша кем булытлы ҳәм қурғақ ҳаўа райы сақланып турады. Түнде ҳәм таңда ҳаўа 12-15° әтирапында салқын болады, күндизи болса қуяш нурлары ҳаўаны ысытады ҳәм температура сийшемби күни 29 -34°тан - ҳәпте ақырына келип 32-37°қа шекем көтериледи.

Дерек: KRuz.uz

Соңғы жаңалықлар