Бүгинги күнде халқымыздың транспортқа болған талабы күн сайын артып бармақта. Әсиресе, жолаўшыларды өз мәнзилине жеткерип, алысын жақынлатып хызмет көрсетип атырған жөнелисли таксилердиң хызмети оғада улкен.
Усындай машақатлы кәсипте хызмет етип атырған "Гүлайым транс" ЖШЖ тәрепинен халыққа қолайлық жаратыў ҳәм сапалы транспорт хызметин көрсетиў мақсетинде заманагой "JAK M4" маркалы 6 дана микроавтобуслары кредит есабынан алып келинип, 57-санлы жөнелисли такси жөнелисине жолға қоймақта.
Халыққа бундай қолайлықлар жаратқан кәрханаға тендер комиссиясы тәрепинен шәртнама мүддети 3 жылға узайттырылып бериў мүмкиншилиги жаратылады.Қ Р Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети
