Қараөзек районында нәўбеттеги 14-“Санлы технологиялары” оқыў орайының салтанатлы ашылыў кешеси болып өтти. Бул илажға Өзбекстан Республикасы Информациялық технологиялар ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги министри Садиков Шуҳрат Мухамаджонович, IT Парк директоры Ибрагимов Фарход Заирович, Қараөзек районы ҳәкими Утамбетов Узақбай Тилеўмбетовичлер қатнасты ҳәм IT тараўының мәмлекетимиздиң раўажланыўындағы тутқан орны ҳаққында кең түрде атап өтти. Жаңа оқыў орайында жасларымыз заманагөй инвенторлар жәрдеминде веб программаластырыў, мобил робототехника, андроид қосымшаларды жаратыў, киберспорт, IT-English тараўларын үйрениў имканына ийе.
Дерек: @IT_center_karakalpakstan
