logo

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳаққында ушырасыўлар өткерилмекте

Ҳәммемизге белгили Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық процессинде сайлаўшылар, әсиресе, биринши мәртебе даўыс беретуғын жаслардың сайлаў нызамшылығынан хабардарлығын асырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте жаслар қатнасыўында түрли форматтағы дөңгелек стол сәўбетлесиўлери ҳәм ушрасыўлар өткерилмекте.
Бүгинги ушрасыўда жасларға сайлаў ҳуқықы, сайлаўлардың әҳмийети ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў бойынша алып барылып атырылған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Тадбир даўамында сайлаўда биринши мәртебе даўыс беретуғын жигит-қызлардың усы әҳмийетли сиясий процесс ҳаққындағы көз қараслары ҳәмде пикирлери тыңланды.
Тадбирде тийкарғы итибар пуқаралардың мәмлекет аймағындағы сиясий процесслерге ғәрезсиз ҳәм саналы мүнәсибетин қәлиплестириў, жас сайлаўшылар, әсиресе, биринши мәртебе сайлаўда қатнасатуғын жаслардың ҳуқықый саўатханлығын, белсенди пуқаралық позициясын жәнеде раўажландырыў, социаллық-сиясий процесслерге қатнасыў сезимин асырыў мәселелерине қаратылды.

Соңғы жаңалықлар