Нөкис қаласында "II Халықаралық бақсышылық өнери фестивалы"н көтериӊкили руўхта өткериў, пуқаралардың көп топланатуғын орынларында, сондай-ақ, фестиваль сейиллерине келген мийманлардыӊ қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жол-транспорт ҳәдийселериниӊ алдын алыў ушын Нөкис қаласындағы транспорт ҳәрекетинде ўақтынша шеклеў болатуғынын мәлим етемиз, деп хабар берди Нөкис қаласы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.Хабарда жазылыўынша, Нөкис қаласы Т.Қайыпбергенов - С.Камалов, Т.Қайыпбергенов - А.Досназаров, Н.Сараев - А.Досназаров, А.Досназаров - Саяхатшылар, И.Каримов гүзары - Ж.Аймурзаев, И.Каримов гүзары - А.С.Пушкин, И.Каримов гүзары - Ғәрезсизлик, И.Каримов гүзары - Қарақалпақстан, И.Каримов гүзары - А.Шамуратова, Жипек жолы - Ж.Аймурзаев, Жипек жолы - Н.Сараев, Жипек жолы - Саяхатшылар ҳәм Жипек жолы - Ж.Сейтова көшелери кесилиспелери аралықларында 2021-жыл 16-сентябрь күнинен 2021-жыл 22-сентябрь күнлери аралығында 3.1 “Кириў қадаған” жол белгилери ўақтынша орнатылады ҳәм тийисли тосықлар менен жабылады.
Makan.uz
