Балалы шаңарақларға напақа, бала күтими бойынша напақа ямаса материаллық жәрдем тайынлаў ушын Пенсия қоры бөлими баслығы атына арза мәҳәллеге бериледи.Арзаға төмендегилер қосымша етиледи:
арза бериўши шаңарақ ағзаларының паспорт нусқалары ямаса ID-карталары;
шет ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслардың жасаў гүўалықлары, пуқаралығы болмаған шахс гүўалықлары ямаса ID-карталары ҳәмде жасаў орны бойынша дизимге алынғанлығы дизим бети нусқасы;
балалары қәўендерлик астында болған жағдайда, арзаға қәўендерлик ҳам әменгерлик уйымларының қарары нусқасы;
шаңарақтың бар шарўа маллары ҳәм қуслары ҳаққында мағлыўмат;
арза бериўши ҳәм оның шаңарақ ағзалары атындағы коммерциялық банк есапбетлериндеги қаржы қалдықлары ҳәм арза берилген айдан алдынғы 3 ай даўамында олардың атына өткерилген пул өткермелери бойынша мағлыўматларды Орайлық банк тәрепинен “Бирден-бир реестр” МСсына усыныў ҳаққында арза.
Дерек: @huqiqiymalimleme
