Хош хабар!!! Қарақалпақстан медицинасы тарийхында үлкен жаӊалық! Буннан төрт-бес жыл алдын бүйрек трансплантациясын мәмлекетимизде өткериў ушын шараятлар жоқ еди. Бүйрек жетиспеўшилигинен қыйналып атырған наўқаслар үлкен қаржылар есабына сырт еллерде емленип келиўге мәжбүр еди. Енди болса, буныӊ қәжети жоқ.
Бүгин О.Халмуратов атындағы РКТМО базасында Академик В. Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайының маман қәнигелери хирург-трансплантологлар м.и.к. Азамат Суюмов, м.и.к. Қодиржон Махмудов, м.и.к. Зоҳиджон Маткаримов, хирург Музаффар Рустамов, анестезиолог Рахматулла Пулатов ҳәм О. Халмуратов атындағы РКТМО қәнигелери хирурглар Фархад Бабажанов, Жеңис Палымбетов, урологлар Избасқанов Расул, Мурад Ҳайтбаев, анестезиологлар Бахадыр Қартбаев, Анар Изимбетовалар қатнасында Қарақалпақстан медицинасы тарийхында биринши мәрте бүйрек көширип өткизиў операциясы табыслы әмелге асырылды.
Буған дейин бүйрек трансплантациясы операциясы тек ғана Ташкент қаласында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы ҳәм В. Вохидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайында әмелге асырылар еди.
Операция алдынан ӨзР Денсаўлықты сақлаў министриниӊ биринши орынбасары А. Иноятов ҳәм ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Қурбанов шыпакерлер менен ушырасып, аймақтағы биринши бүйрек көширип өткизиў операциясында әўмет тиледи.
Операция дерлик 4 сааттан зыят даўам етти. Әмиўдәрья районы Күйик көпир аўылында жасайтуғын 23 жаслы Турсунбаев Уктамға әкеси Мамиров Даврон бир бүйрегин берди. Еӊ әҳмийетлиси, ҳәр екеўиниӊ де аўҳалы жақсы ҳәм наўқаслар медициналық стандартлар тийкарында қадағалаўға алынған.
—Балам 2 жылдан берли усы бүйрек жетиспеўшилиги кеселлиги менен аўырып киятыр еди. Емлеў усыллары кәр етпеген соӊ, операция етиў лазым болды. Бизди сарсан етпей усы өз елимизде емлеўин еситип қатты қуўандым. Журтбасшымызға, бизди емлеп атырған шыпакерлерге үлкен рахметимди айтаман, —дейди Мамиров Даврон операциядан алдынғы қысқа сәўбетте.
2017-жыл 23-октябрьде қабыл етилген «Бүйрек ҳам баўыр тоқымаларын трансплантация етиў ҳаққында»ғы ўақытша Нызамға муўапық, медициналық әмелияттыӊ табыслы орынланыўы ҳәзирге шекем тек пайтахт Ташкентте изшил тәмийинленип киятыр еди. Енди болса Қарақалпақстанда да бул процесс нәтийжели баслап жиберилди. Енди және еки наўқасқа усы түрдеги операция исленеди.
«Өзбекстан бойынша 10 мыӊға жақын созылмалы бүйрек жетиспеўшилиги менен кеселленген наўқаслар болса, соннан 4200 дей наўқас диализ емлеў усылын қабыл етеди. Соннан 1200 дей наўкасқа бүйрек трансплантациясы операциясын ислеў талап етиледи, – дейди хирург-трансплантолог м.и.к. Зоҳиджон Маткаримов, – Мине, бүгин Қарақалпақстанда биринши мәрте жергиликли шыпакерлер менен бирге ислесиўде бүйрек трансплантациясын нәтийжели әмелге асырдық. Биз буннан қуўанышлымыз. Себеби, бул арқалы наўқаслардыӊ қаржылары ҳәм ўакты үнемленеди. Кейинги мақсетлеримиз усындай қурамалы операцияларды районлар көлемине де жеткериў, жергиликли шыпакерлердиӊ жергиликли шараятта бүйрек трансплантациясын нәтийжели әмелге асырыўына ерисиў болып табылады».
Санаўлы раўажланланған мәмлекетлерде ғана әмелге асырылатуғын бүйрек трансплантациясы операциясыныӊ Қарақалпақстан медицинасына кирип келиўи бүгинги күнимиздиӊ еӊ үлкен жетискенлиги ҳәм бул ҳәрбир қарақалпақстанлыны куўандырыўы тәбийий.
ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети
