Пуқаралық ислери бойынша Шымбай районы cудының 22.09.2017 жылдағы суд буйрығына тийкарланып, қарыздар Р.Айтмуратовтан өндириўши Н.Султамуратованың пайдасына, оның тәрбиясындағы жас өспирим 2012 жылда туўылған перзентиниң материаллық тәмийнаты ушын, қарыздардың ҳәр айдағы мийнет ҳақы хәм басқа табысының ¼ бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленген.Усы орынлаў ҳүжжети, Бюроның Шымбай районы бөлими жумыс жүритиўине 28.09.2017 жылда келип түскен хәм мәмлекет орынлаўшысы тәрепинен орынлаў жумыс жүритиўи қозғатылып, алимент пуллары айма-ай толық өндирилип келинген. Бирақ, усы жылдың август айында, қарыздар алимент пулларын 18 жаска дейинги болған дәўирди төлеў қәлеўин билдирген ҳәм мәмлекет орынлаўшысына есаплап бериўин өтиниш еткен.
Усы себептен, мәмлекет орынлаўшысы тәрепинен усы өтиниш бойынша есап-китап жумыслары алып барылған ҳәм алимент төлеўши әке жәми 45 млн сўм алимент пулларын нақ көринисинде төлеп берген.
Сол себепли, усы орынлаў жумысы Өзбекстан Республикаси “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў туўрысында”ғы Нызамның 37 статьясына тийкарланып тамамланады.
