2021-жылдың 1-октябрь сәнеси жоқары оқыў орынларында «супер контракт» тийкарында оқыўды қәлеўши абитуриентлер арза тапсырыўы ушын соңғы мүддет етип белгиленди. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў Министирлиги хабар бермекте.«2021/2022-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына еселенген төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыллаў бойынша арзалар тапсырыўдың соңғы мүддети 2021-жылдың 1-октябрь күни етип белгиленди», - делинеди хабарда.
Министрлик кириў имтиханлары нәтийжелерине бола, еселенген төлемли контракт тийкарында оқыў қәлеўинде болған абитуриентлерден усы жылдың 1-октябрине шекем тийисли жоқары оқыў орынларының қабыллаў комиссияларына арза тапсырыўды сораған.
Дерек: Makan.uz
