Бүгин, Бозатаў районында нәўбеттеги 15-“Санлы технологиялары” орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.Илажға Өзбекстан Республикасы Ахборот технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.Садиков, IT Парк директоры Ф.Ибрагимов, район ҳәкими М.Кайпановлар қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен IT тараўының мәмлекетимиз раўажланыўындағы тутқан орны ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Оннан соң мийманлар, IT орайының ишки имканиятлары, жаратылған шәраятлары менен жақыннан танысты ҳәм оқыў орайының дәслепки қатнысыўшылары менен сәўбетлести.
Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, бул орында 6 дөгерек ҳәм 2 компютер ханаларында район жаслары веб программаластырыў, мобил робототехника, киберспорт, IT-English, график дизайн, андроид қосымшаларды жаратыў бойынша жоқары билим ҳәм көнликпеге ийе болады.
Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
