Мектеп оқыўшылары арасында жол ҳәрекети менен байланыслы бахытсыз ўақыялардың алдын алыў мақсетинде орынларда бир қатар иләжлар алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министирлиги жол харекети каўипсизлиги басқармасы хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласындағы 32-санлы мектеп оқыўшыларына Жол ҳәрекети қағыйдаларын үйретиў бойынша сабақ өткерилди ҳәм оқыўшылырға жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып бырылды. Иләжда оқыўшыларға жол ҳәрекети қағыйдалары сәўлеленген буклетлер тарқатылды. Бундай иләжлар тийисли қәнигелер тәрепинен ҳәр күни өткерилип келинеди.
Тынышлық сақшысы
