logo

Диний тәлим шөлкемлери оқытыўшыларының айлығы ҳәм студентлериниң степендиялары 2 есе көбейтиледи

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар кеңеси Жоқары комиссиясының арнаўлы Қарары менен Жоқары ҳәм Орта арнаўлы ислам билим журтлары оқытыўшыларының айлығы ҳәм талабалардың стипендиялары 20-сентябрден баслап еки есе көбейтилетуғын болды.

Комиссия, және пандемия шараятында қыйын материаллық жағдайға түсип қалған мешитлердиң хызметкерлерине де материаллық жәрдем көрсетиў ҳаққында тийисли қарар шығарды.

Ҳақыйқатында да, илим ийелерине жәрдем теберик динимиз ҳүкимлеринен бири ҳәм жоқары пазыйлетли халқымыздың әзелий әдети есапланады.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы баспасөз хызмети    

Дерек: Paziylet.uz

Соңғы жаңалықлар