Арал теңизи дағдарысы ақыбетлеринен ең көп жәбир көрген Мойнақ районы халқын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў Президентимиздиң турақлы итибарында.Кеше ҳәм бүгин район аймағында жасаўшы ҳәр бир шаңараққа 5 миллион сумнан берилип атырған қаржылай жәрдем буның тағы бир көриниси болып табылады. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди
Қаржылай жәрдем мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары кесиминде көшпели кассалар арқалы, «Халық банки»ниң Мойнақ районлық филиалы тәрепинен аўыл пуқаралар ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары имаратларында, сондай-ақ, үйлерге автомашиналарда барып тарқатылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
