Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңеси ҳәм Жоқары Коллегиясының арнаўлы қарарлары менен Жоқары ҳәм орта арнаўлы ислам билимлендириў орынлары муғаллимлериниң мийнет ҳақылары ҳәм стипендиялары 2021-жыл 20-сентябрьден баслап дерлик еки есеге арттырылатуғын болды. Бул ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасының баспасөз хызмети хабар берди.Коллегия, сондай-ақ, пандемия шараятында қыйын финанслық жағдайға түсип қалған мешитлердиң хызметкерлерине де қаржылай жәрдем көрсетиў ҳаққында тийисли қарар шығарды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
