Kar24.uz сайтының жазыўынша усы жылдың 22-сентябрь күни, саат 18:30да Нөкис қаласы “Ерназар Алакөз” көшесинде жол транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Еки “Матиз” маркалы автомашина өз ара соқлығысқан. Нәтийжеде, ўақыя орнына жетип келген “Тез жәрдем” жарақатланғанларға биринши қыстаўлы жәрдем көрсетти.Бул жол транспорт ҳәдийсеси бойынша рәсмий мағлыўмат жоқ.
