logo

Тезлик ушын жәрийма муғдары төменлеўи мүмкин

Мажилис Нызамшылық палатасындағы ӨзХДП фракциясы жыйналысында «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамның жойбары биринши оқыўда талқыланды.

Усы нызам жойбарында айырым ҳуқықбузарлықлар ушын жәрийма муғдары төменлетилген. Бирақ, жойбардағы айырым нормалар депутатлардың қызғын бәсекилесиўине себеп болған.

Жазылыўынша, тезликти асырғаны ушын қолланылып атырған жәриймалар жоқары екени бойынша қарсылықлар билдирилген. Соннан келип шығып, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1283-статьясы 2-бөлими санкциясындағы (ҳәрекет тезлигин саатына 20 километрден артық, бирақ 40 километрден көп болмаған тезликке асырып жибериўи) жәрийма муғдарын базалық есаплаў муғдарының 3 есеси (ҳәзирги ўақытта 5 есе) етип белгилеў бойынша усыныс билдирилген.

Сондай-ақ, жәриймалар халықтың реал дәраматларынан келип шығып белгилениўи бойынша да және бир қатар усыныслар киргизилген.

Дерек: Makan.uz

Соңғы жаңалықлар