«Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплескен илажларды қаржыландырыўды және де кеӊейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ–5250-санлы, 22.09.2021 ж.) қабыл етилди. ? Қарарға бола, 2021-жыл 1-октябрге шекем:
➖ Пуқаралар басламасы фондында 1 млрд сўмнан кем қаржы қәлиплескен район ҳәм қалалар ушын қосымша 57,9 млрд сўм;
➖ “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы келип түскен усыныслар саны 100 ден артық болған район ҳәм қалаларға қосымша 59,5 млрд сўм қаржы ажыратылады.
? 2022-жыл 1-январдан район ҳәм қалалар бюджетлери параметрлеринде аймақлық ишки жолларды оӊлаў ушын ажыратылатуғын қаржылардыӊ 50 проценти «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында анықланған ишки жоллларды оӊлаўға бағдарланады.
☑️ Районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери тәрепинен ҳәр шеректе шеректен кейинги айдыӊ 25-сәнесине шекем жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў бойынша мағлыўматлар рәсмий веб-сайт ҳәм «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына жайластырылып барылады.
Қаракалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети
Қаракалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети
