logo

Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарының асырылыўы бойынша түсиник

Халықтыӊ турмыс дәрежесин асырыўға қаратылған ис илажлар көлемин кеӊейтиў, коронавирус пандемиясы дәўиринде пуқараларды социаллық жақтан қорғаў ҳәм мүтәж шаӊарақларды материаллық жақтан қоллап қуўатлаўды жәнеде күшейтиў, олардыӊ дәраматларын турақлы асырып барыў мақсетинде усы жылдыӊ 17-август сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ "Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында"ғы ПП-6279-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Усы Пәрман тийкарында 2021-жылдыӊ 1-сентябринен баслап бюджет мәкемелери хызметкерлериниӊ ис ҳақылары, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдары 1,1 есеге асырылды.
2021-жылдыӊ 1-сентябринен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:
- мийнетке ҳақы төлеўдиӊ еӊ кем муғдары - айына 822 000 сўм;
- базалық есаплаў муғдары - айына 270 000 сўм;
- пенсияны есаплаўдыӊ базалық есаплаў муғдары - айына 289 000 сўм;
- жасы бойынша еӊ кем пенсиялар - айына 565 000 сўм;
- балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа - айына 622 000 сўм;
- зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа - айына 440 000 сўм;
- мийнет стажы толық болмаған жағдайдағы пенсиялардыӊ еӊ кем муғдары қосымша төлеўди есапқа алған ҳалда - айына 440 000 сўм;
- белгиленген жасы бойынша еӊ кем пенсия муғдарынан 623 000 сўмға шекемги пенсия алыўшылардыӊ жасы бойынша ҳәм майыплық пенсиялары муғдары - айына 622 000 сўм;
- 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашист концлагерлериниӊ ер жетпеген бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген шахслардыӊ еӊ кем пенсия муғдары қосымша үстемелерди есапқа алған ҳалда - айына 2 750 000 сўм етип белгиленди.

Соныӊ менен бир қатарда, бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыўшылардыӊ мийнетке жарамсыз бир шаӊарақ ағзасы ушын пенсияныӊ еӊ кем муғдары - айына 440 000 сўм етип белгиленди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаӊарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди.

Бағыўшысын жоғалтқанлық напақасын алыўшылардыӊ мийнетке жарамсыз бир шаӊарақ ағзасы ушын напақа муғдары - айына 440 000 сўм ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаӊарақ ағзасы ушын 165 000 сўмнан қосылыўы белгилеп қойылды.

Бюджет мәкемелери хызметкерлериниӊ ис ҳақылары, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардыӊ асырылыўы менен байланыслы қәрежетлер Мәмлекет бюджети ҳәм Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры қаржылары есабынан қапланады.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша 
2021-жылдыӊ 1-сентябринен жәми 5936 дан аслам пенсия ҳәм напақа алыўшы пуқаралардыӊ пенсия ҳәм напақа муғдарлары қайта есаплап шығылып, асырылған пенсия ҳәм напақа муғдарлары усы жылдыӊ сентябрь айы төлеў дизимлерине киритилиўи тәмийинленди.

Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы бөлими

Соңғы жаңалықлар