logo

Мойнақта 3 күн «свет» өшеди

▪️Мойнақ районында 14,15,16 июль күнлери электр энергияси тәмийнатында үзилислер болады. Бул ҳаққында Мойнақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы хабар берди.

▪️Айтыўына қарағанда, үзилислер ўақыты 3 күн даўамында саат 5:00 тен 12:00 ге дейин даўам етеди.

▪️«Cвет» өшиўине «Арал» ҳәм «Мойнақ» подстанцияларында үлкен оңлаў жумыслары алып барылыўы себеп сыпатында көрсетилген.

https://t.me/kunuzqoraqalpogiston

Соңғы жаңалықлар