logo

Бозатаў районында улыўма баҳасы 2 млрд 116 млн сўм болған көпир қурылысы басланды

Бозатаў районындағы 4к52 Көкшийел-Қазанкеткен автомобиль жолының 32 км де жайласқан Еркиндәрья каналының үстинен өтиўши көпирде қайта оңлаў ҳәм қурылыс жумыслары басланды.
      
Жыллар өткен сайын бул көпирдиң жарамсыз аўҳалға келип қалыўы көпшиликти қыйнап киятыр еди. Себеби тынымсыз автотранспорт қуралларының қатнаўы көпирдиң сапасының төменлеўине өз тәсирин тийгизди.

Бүгин болса усы көпирде ири көлемдеги қурылыс жумысы басланды.

Улыўма баҳасы 2 млрд 116 млн сўм болған қурылыс жумысларының нәтийжесинде улыўма ени 12 метр болған көпир қурылысының нәтийжесинде, 4 метр пиядалар ушын да арнаўлы жөлеклер салынады.

Қурылыс жумыслары болса, "Жайҳун жол қурылыс" ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар