Нөкис қаласында 24-сентябрь күни бир-бирине тутас қурылған хожалықларда өрт жүз берди. Бул ҳаққында Айрықша жағдайлар министрлиги хабар бермекте.Мәлим етилиўинше, саат 15:45 лер әтирапында «Қумаўыл» мәҳеллеси, «Шегинбаев» көшесинде жайласқан хожалықларда өрт жүз берип атырғаны ҳаққында Айрықша жағдайлар басқармасына хабар келип түскен. Соған бола, 7 өрт-қутқарыў экипажы ўақыя орнына саат 15:47 де жетип барып, өрт саат 16:20 да қоршап алынған ҳәм саат 17:05 те толық өширилген.
Жазылыўынша, өрт себепли үйлердиң шама менен 357 квадрат метри жанып зыянланған.
Ҳәдийсе нәтийжесинде, қайтыс болған ҳәм жараланғанлар жоқ. Ҳәзирги ўақытта өрт себеби ҳәм материаллық зыян муғдары анықланбақта.
Дерек: Makan.uz
