Бүгин Беруний районында Абу Райхан Беруний атындағы 35-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Рустем Реимов, район ҳәкими А.Сапарбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа мектептиң ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде халық билимлендириў тараўын реформалаў, соның ишинде, қурылыс-оңлаў жумысларының сапасын жақсылаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тәлим-тәрбия жумысларын жақсылаў, тәжирийбели педагог ҳәм арнаўлы қәнигелер менен тәмийинлеў, педагог кадрларды ҳәм халық билимлендириў хызметкерлерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў системасын жетилистириў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Жәми 720 оқыўшыға мөлшерленген ҳәм 70 орынлық жатақханаға ийе мектеп имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы турғынларымыз ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды,-дейди районлық халық билимлендириў бөлими баслығы А.Худайбергенов.
Дерек: kkedu.uz
