logo

Волгабойы арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди

30-сентябрьде Қарақалпақстан аймағына, 1-3-октябрьде Өзбекстанның басқа аймақларына Волгабойы арқалы Россияның Европа аймағының (Москва ўәлаяты) орайлық аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

1-3-октябрьде ҳаўаның температурасы түнде 3-8 градус, күндизги ўақытларда 12-17 градус жыллы, Қарақалпақстан аймағында түнде 0-5 градусқа шекем, күндизги ўақытларда болса 10-15 градус жыллыға шекем төменлейди.

1-2-октябрьде Өзбекстан бойынша айырым жерлерде, 3-октябрьде Ферғана ойпаты ўәлаятларында жаўын жаўады, 2-3-октябрьде таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде күшли болыўы мүмкин, бийик таўларда жаўын-шашын (жаўын қарға айланады) болады.

30-сентябрьде ҳәм 1-2-октябрьде Өзбекстан бойынша айырым жерлерде самал 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте.

Сүўретте 2021-жыл 2-октябрь күни азанғы ўақыт ушын ҳаўаның температурасы картасы.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Соңғы жаңалықлар