logo

​Тақыятас орайындағы көше асфальтланды

«Абат аўыл» ҳәм Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламалары шеӊберинде Тақыятас районы Сарайкөл АПЖдағы 3 көше, Кенегес АПЖдағы 5 көше, Нурлы келешек МПЖдағы 3 көше, сондай-ақ, басқа да аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы 8 көшеде күнделикли оӊлаў жумысларын алып барыў белгиленген еди. Буннан тысқары Тақыятас районы жергиликли бюджет қаржылары есабынан бир неше көшеде оӊлаў жумысларын жүргизиў режелестирилген.  

Мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде 4 ишки хожалық жолларына асфальтобетон, қалған көшелерине болса биринши басқыш ЩПС материалы төселеди. Бул бағдардағы жумыслардыӊ нәтийжели шөлкемлестирилиўинде районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы жумысшылары аянбай мийнет етип атыр. 

Жақында район орайындағы Р.Сейтмуратов көшесинен Шор аўылға алып барыўшы автомобиль жолы асфальтланды. Мәмлекетлик бағдарлама шеӊбериндеги жумыслар даўам етпекте. 

Қарақалпақ Автожол

Соңғы жаңалықлар