logo

Ҳәкимият ўәкилине қарсылық ушын жынайый жуўапкерлик күшейтилди

Жынаят кодекси ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкерлик ҳаққындағы кодекске өзгерислер киргизиўди нәзерде тутыўшы нызамға президент тәрепинен қол қойылды.

Киргизилген өзгерислерге бола, ҳәкимият ўәкилине қарсылық ушын жынайый жуўапкерлик күшейтилди. Бундай ҳәрекетлер:

БЕМниң 50 есесинен 100 есесине шекем жарийма (алдын тек 50 есеге шекем еди);

1 жылдан 3 жылға шекем азатлықтан шеклеў (алдын тек 1 жылға шекем еди);

1 жылдан 3 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады (алдын тек 1 жылға шекем еди).

Дерек: Makan.uz


Соңғы жаңалықлар