logo

Биймезгил ўақытта қосық айтыў жәриймаға себеп болады

Нызамшылыққа бола, түнги ўақытта – саат 23:00 ден 06:00 ге шекем – пуқараладың тынышлығын ҳәм нормаль дем алыўын бузыў, яғный:

• жоқары ҳаўазда қосық айтыў;
• музыка шертиў;
• даўыс сигналларын бериў;
• шаңарақларда, турақ жайларлардың жоллары ҳәм есиклеринде, сондай-ақ, көшелерде даўысы бәлент қылып қойылған телевизорлар, радиоприёмниклер, магнитофонлар ҳәм даўыс шығарыўшы басқа аппаратуралардан пайдаланыў;
• турақ жай имаратында ҳәм олардан сыртта оғада зәрүрли болмаған ҳалда шаўқын шығарыўшы ислер қылыў, сондай-ақ, хожалық шаўқымына қарсы гүресиў талапларын бузыўшы басқа ҳәрекетлерди ислеў

пуқараларға 90 мың сўм, лаўазымлы шахсларға болса 135 мың сўмға шекем жәрийма салыўға себеп болады.

✍Makan.uz

Соңғы жаңалықлар