Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 15-март күнги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-апрель күнги «Аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылысы техникаларынан пайдаланыўды жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары қабыл етилген еди.Усы қарарларға муўапық, аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылысы техникаларын техникалық тексериўден және оларды мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби, тракторшы-машинистлерди таярлаў ҳәм қайта таярлаў, оқыў орынларын есапқа алыў, имтиханларға кириў ҳәм оны өткериў ҳәм аўыл хожалығы, мелиорация ҳәм жол-қурылысы техникаларын басқарыў ҳуқықын бериўши тракторшы-машинист гүўалығын бериў тәртиплери белгиленген. Оларға мәмлекетлик белгилерин ҳәм пластик түрдеги техникалық паспортларын бериў, дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў), техникалық тексериўден өткериў, сондай-ақ, имтиханларын алыўда өндирилетуғын төлем ставкалары менен басқа да ўазыйпалар белгиленген.
– Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-март 2022-жыл 31-декабрь күнлери аралығында ески үлгидеги техникалық паспорт ҳәм техникалық гүўалық, тракторшы-машинист гүўалығы, олардың берилген сәнесине қарамастан ийелериниң арзасына тийкарланып, мәжбүрий техникалық тексериўден өткериўде, алды сатты, дизимнен өткериў ҳәм шығарыў ўақтында алмастырылады,-дейди Өзагроинспекцияның Қараөзек районы бөлиминиң техника жағдайы ҳәм агротехникалық илажларды кадағалаў болими аға инспекторы К.Утемисов.
Ески үлгидеги барлық техникалық паспортлар менен гүўалықлар, тракторшы-машинист гүўалығы олардың берилген сәнесине қарамастан 2023-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес, деп есапланады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жумысын шөлкемлестириў илажларын нәтийжели түрде алып барыўда Агроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 19-июль күни қосымша илажлар режеси ислеп шығылды. Оған муўапық, ҳәр бир район өз аймағындағы ЖҲҚБ инспекторы менен биргеликте ҳәр ҳәптеде рейд жумысларын шөлкемлестириў белгиленген.
Усы реже тийкарында район ЖҲҚБ инспекторлары менен биргеликте ҳәр ҳәптеде рейд жумыслары алып барылмақта. Бул өткерилген рейд жумыслары нәтийжели тәсир көрсетпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
