1995-жылда туўылған пуқара Хожели районы аймағындағы 4К42 автомобиль жолының 1-километри аралығында белгиленген тезликке әмел етпей жоқары тезликте ҳәрекетленип киятырып усы асфальт жолды кесип өтип атырған Т.С атлы жас өспиримди дүгип, жол транспорт ҳәдийсесин ислеген. Нәтийжеде өспирим аўыр дәрежедеги дене жарақаты менен емлеўханаға түседи.Хожели районы ИИБ жанындағы тергеў топары сорастырыўшысының 2021-жыл 24-август күнги қарарына муўапық, А.Ж ның қарсысына жүргизилген жынаят иси тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен өндиристен қысқартыў мәселесин шешиў ушын судқа жиберилген.
Қарақалпақстан Республикасы судларының мәлим етиўинше, суд, ис материаллары менен толық танысып, гүманланыўшының өз айыбын мойынлап, исинен шын кеўилден пушайманлығын, жәбирлениўшиниң өз ерки менен ҳеш кимниң сырттаң араласыўысыз жарасыў ҳаққында арза бергенин, материаллық зыян толық қапланғанын, кеширим бергенин билдиргенин ҳәм мәмлекетлик айыплаўшының исти жарасыў мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды билдирген пикирин тыңлап, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 661 –статьясына ҳәм Жынаят процессуал кодексиниң 84-статьясы 4-бөлимине тийкар, жынаятлы исти өндиристен қысқартыўды лазым деп тапқан.
Дерек: Makan.uz
