logo

“Коррупция – миллий-руўхый дүньямызға қәўип”

Ҳәзирги ўақытта Республикамызда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Нызам, бир қатар қарар ҳәм дәстүрлер қабылланған болып, өз нәўбетинде, Прокуратура органлары тәрепинен де бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Атап айтқанда, бүгин Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети үлкен мәжлислер залында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жеке қурамы хызметкерлери ҳәм олардың ата-аналары қатнасыўында “Коррупция – миллий руўхыйлыққа қәўип-қәтер” атамасында ҳуқықый үгит-нәсият иләжы болып өтти.
Иләжда, басқарма баслығы И.Арзиев, басқарма баслығы орынбасары В.Ерниязова, “Имам ишан Мухаммед” мешити баслығы орынбасары Ж.Искандеровлар сөзге шығып, қатнасыўшыларға үгит-нәсият мақсети жүзесинен кеңнен түсиниклер берип, баянат оқып есттирди.
Яғный, суд ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаўда хызметкерлер тәрепинен Нызам талапларына қатаң әмел етиўи, коррупция жағдайларының алдын алыў, Нызам бузылыў жағдайлары, олардың себеплери ҳәм олардың келип шығыўына имкәният жаратып берген шәрт-шараятларды сапластырыў, сондай-ақ, басқа да абыройсызландырыўшы ҳәрекетлерге жол қоймаў жүзесинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм көрилип атырған шаралар ҳаққында сөз барды.
Буннан тысқары, сөзге шыққан ата-аналар тәрепинен бул бағдарда ҳалқымыздын ҳуқықый саўатлылығын асырыўда хызметкерлердиң белсендлигин асырыў жүзесинен бир қатар усыныслар билдирилди ҳәм пикирлр алмасылды.

Соңғы жаңалықлар