“Жалпақжап” аўылында республикамызға белгили көплеген инсанлар туўылып, кәмалға келген. Аймақ турғынлары халқымыздың сүйикли шайырлары Кеңесбай Рахманов, Оразбай Сәтбаев, композитор Қурбанбай Зәретдинов ҳәм генерал-майор Мақсет Бабаниязовлар менен аўыллас болғанын мақтаныш етеди.Жақында усы аўыл турмысында үлкен жаңалық жүз берди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында, “Дренаж Реконструкция” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қолы гүл қурылысшылары тәрепинен 2 қабатлы, барлық заманагөй қолайлылықларға ийе мектеп жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
-Мектебимиздиң бурынғы имараты тозып, оқыўшыларымыз сабақ өтиў барысында көплеген қыйыншылықларға дусласар еди,-дейди мектеп директоры Қәллибек Қаюпов.-Аўыл балаларының тәлим-тәрбиясының жақсыланыўына үлкен итибар қаратқаны ушын район ҳәм республикамыз басшыларына шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Мағлыўмат сыпатында соны айтып өтиўимиз керек, бүгинги күни бул оқыў дәргайында 176 оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
