logo

14 оқыўшы оқыйтуғын мектеп электрокотёл менен жылытылмақта

Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 15-санлы мектептиң бүгинги күни еки филиалы болып, солардың биреўи район орайынан 15 км узақлықта жайласқан “Шүйит аўылы”нда жайласқан.

Ҳәзирги күнлери бул оқыў дәргайында баслаўыш классларда 14 оқыўшы оқып билим алмақта.

Быйылғы оқыў жылы бул мектеп жәмәәти ушын бир қатар жақсы жаңалықлар менен басланбақта. Атап айтқанда, жаңа оқыў жылы алдынан филиал имаратына қурылыс оңлаў жумыслары жүргизилип, әтирапы темир қорғаншалар менен қоршап берилди.

Сондай-ақ, мектепке оқыў бөлмелерин электр энергиясы жәрдеминде жылытатуғын заманагөй котёл (қазанхана) қурылды.

-Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31 улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм 1 Бәркамал әўлад балалар дөретиўшилик орайының 17 си тәбийғый газ, 15 и қатты отын ҳәм көмир менен жылытылады,-дейди бизге районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы Мурат Таджетов.-2021-2022-жылдың гүзги-қысқы мәўсимине таярлық көриў мақсетинде, тәбийғый газ басымы жетип бармайтуғын мектеплердиң қоймаханаларына 571 тонна көмир ҳәм брикет тасып алынды. Усы ғамланған отын жанылғысы арқасында быйылғы қыста сабақларда ҳеш қандай үзилислер болмайды, деп ойлаймыз ҳәм сол мақсетте ҳәрекет етип атырмыз.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар