Бой өсиўи тийкарынан 25 жасқа шекем даўам етеди. Қызлардың ең белсенди бой өсиў дәўири 16-17 жасқа шекемги ўақыт болып есапланады.Бирақ, бул индивидуал жағдай болып, ҳәммеде ҳәр түрли болады. Медицинада сүйек жасы деген атама бар. Қолдың ишки тәрепи рентген тексериўи арқалы сүйек жасы, сондай-ақ, өсиў зоналарының ашық ҳәм жабықлығы көриледи.
Өсиў зоналарының ашықлығы бой өсиў итималы бар екенинен дерек береди. Дәри қуралларын тек усы жағдайда ғана жеў мүмкин.
Бой өстириў ушын дәри қуралларын тек ғана шыпакер мәсләҳати менен жеў керек. Болмаса, организмде басқа белгилердиң келип шығыўына себепши болады.
Makan.uz
