Мәмлекетлик хызметлер орайлары абитуриентлерге ҳүжжет тапсырыўда жәрдем береди Хабарыңыз бар, Жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаў карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиў мақсетинде онлайн түрде өткерилмекте.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы абитуриентлердиң артықша әўерегершиликлерин болдырмаў, оларға қолайлық жаратыў мақсетинде район (қала) Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы жоқары оқыў орынларына онлайн ҳүжжет тапсырыўда жәрдем беретуғынлығын мәлим етип билдиреди.
Абитуриентлер ѳзлери жасап турған район ямаса Нѳкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайларына ҳәптениң дүйшемби ҳәм жума күнлери аралығында саат 09:00 ден 18:00 ге шекем мүрәжат етиўи мүмкин.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
