БМШ Бас Ассамблеясының 2007-жыл 18-декабрьдеги "Аўыл ҳаялларының аўҳалын жақсылаў" ҳаққындағы резолюциясына тийкарланып 15-октябрь -- Халықаралық аўыл ҳаяллары күни деп жәрияланды. Бул күн бизиң елимизде де байрам сыпатында белгиленеди. Аўыл хожалығында турмыстың қайсы тараўын алсақ та ҳаял-қызларсыз көз алдымызға келтире алмаймыз. Ерлер менен бир сапта турып олар дийқан, суўшы, механизатор, агроном, бағман, педогог тағы басқа да кәсипти ийелейди. Олар ана, өмирлик жолдас, апа-сиңли ҳәм қарындас. Усындай дүньяның тиреги, өмирдиң мазмуны, аўылдың көрки болған сизлерге байрам мүбәрек болсын, әзийз аўыл ҳаяллары!Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
