
Ҳүкимет қарарына муўапық, 2022-жылдың 1-мартынан баслап төмендеги хызметлер бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы электрон формада көрсетиледи:
Өзбекстанға шет мәмлекет пуқарасын мирәт етиў;
шет мәмлекетте Өзбекстан пуқаралығын тастыйықлаў бойынша тийисли ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматнамалар алыў;
судланғанлық (судланбағанлық) ҳаққында мағлыўматлар алыў;
автотранспорт қуралларында тыйым бар екенин тексериў;
жазаны атқарыў шөлкемлери ҳәм мәнзил колонияларында сақланып атырғанларды олардың жақын ағайинлери менен ушырасыў ўақтын белгилеў.
Айдаўшының жол-патруль хызмети инспекторына усыныс етилиўи керек болған ҳүжжетлери жанында болмаған жағдайда олар арнаўлы планшет қурылмасы жәрдеминде идентификация ID-картасы арқалы тексериледи.
Дерек: Makan.uz
